Балалар тәбиятты сүйеди
	
		
		 1904
		 0						
	
	 
	Баланы кишкенелигинен қалай тәрбияласақ, келешекке сол бағдарда барады. Ана тәбиятты сүйиў, қусларға ғамхорлық етиў, әтирап аймақты көгалландырыўға қызықтырыў мақсетинде алып барылған илажлар өз нәтийжесин берери анық.
Дәўқара аўылындағы 13-санлы орта мектепте усы бағдарда төменги класс оқыўшылары арасында "Гүллер байрамы" өткерилди. Гүллерге меҳир берип, гүллерин көтерип келген мектеп оқыўшылары мектеп жәмәәти атынан хошаметленди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
 
					 
				 
				 
				