Fan va ta'lim Жолың айдын болсын, питкериўши!

Жолың айдын болсын, питкериўши!

0
Жолың айдын болсын, питкериўши!

Бүгин елимиз бойлап 438 мыңға жақын питкериўши ана мектеби менен хошласып, "Соңғы қоңыраў"ын қақты. Енди олардың алған дәслепки билим тийкарлары үлкен өмирде сыналып баслайды ҳәм жоқары оқыў орынларында саўатын асырып, билимин нығайтып бара береди. Елимиз президенти Ш.Мирзиёевтиң мектеплердиң питкериўши класс оқыўшыларына жоллаған қутлықлаўы ҳәр бир питкериўшиге күш-қуўат бағышлайды деп ойлаймыз. Себеби, ел басшымыздың ҳәр бир жасқа үлкен исеним менен қарап, олардың келешегинен үлкен үмитлер күтиўи - бизиң жасларымызда жуўапкершилик сезимлерин және де арттырады деп исенемиз. 

"Питкериўши жасларды билим бериў менен қамтып алыў дәрежеси 2016-жылдағы 9 пайыздан 2020-жылда 25 пайызға жетти. Аталған бул көрсеткиш усы жылда 28 пайызға, 2030-жылда 50 пайызға жеткериў - тийкарғы ўазыйпамыздур" деген еди президентимиз питкериўшилерге кешеги өз қутлықлаўында. Әлбетте, елимизде елбасшымыздан баслап пүткил халқымыз исенген,  ертеңги күнинен үлкен үмитлер күтип отырған келешегимиз болған жаслардың ҳәр тәреплеме озық ойлы, саналы, билимли болып жетилисиўи менен олар арқалы биз раўажланған, барлық тараўларда дүнья бойлап өз орны бар ана ўатанымызды көре аламыз.
Президентимиз өткен жылы үлкен исеним менен экологиялық апатшылық орайында жасап атырған жаслардың жоқары билим алыўында тест сынаўынан баллары 57.6  баллдан жоқары болған республикамыздағы үш районның питкериўшилерине студент болыў бахтын сыйлаған еди. Солардың ишинде биз жасап атырған Тахтакөпир районының 600 ден аслам жаслары бундай бахытқа ерисе алды ҳәм көпшилиги ҳәзирги күнде қатарындағы студентлер менен алтын дәўирдиң нәпесин сезинип жасамақта. Олар ертеңги районымыздың, елимиздиң гүллеп-раўажланыўында өз үлеслерин қосатуғынына биз исенемиз. Олардың саны быйыл және артады. Мектеп питкерип атырған Тахтакөпир районындағы халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплерде 461 питкериўши жасларымызға өз қәлеген  кәсиплерин ийелеўде әўмет тилеймиз.
Жолың ҳәр қашан да айдын болсын, питкериўши!

      Гүлнара Дәўлетмуратова