Ma'daniyat Олардың мәртлиги умытылмайды

Олардың мәртлиги умытылмайды

0
Олардың мәртлиги умытылмайды

 

Бүгин  9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни байрамы  мүнәсибети менен район орайындағы "Шейитлер естелиги"гине гүл шеңберлери қойылды. Район ҳәкимлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары, районлық қорғаныў бөлими хызметкерлери, мийнет нураныйлары, әскерлигин Аўғанстан жеринде өтеп келген жаўынгерлер, оқыўшы жаслар және кең жәмәәтшилик ўәкиллери жыйналып, илаж өткерилди. Район ҳәкими Ж.Адилов бәршени байрам менен қутлықлады. Бүгингидей тыныш-татыў өмиримиз ушын жанын пидә еткен ўатанласларымыз бизиң мақтанышымыз екенин атап өтти.

Илаж даўамында районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети