Siyosat МИЙНЕТ ЯРМАРКАСЫ ӨТКЕРИЛДИ

МИЙНЕТ ЯРМАРКАСЫ ӨТКЕРИЛДИ

0
МИЙНЕТ ЯРМАРКАСЫ ӨТКЕРИЛДИ

Орынлардағы бәнтликке көмеклесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайларының жумыссыз бос жүрген пуқараларымызды жумыс орынлары менен тәмийинлеўде орны айрықша. Бул бағдарда жумыссыз пуқаралардың мәпин гөзлеп исленген жергиликли ҳәкимият, прокуратура, бәнтликке көмеклесиў орайы, «Камолот»  жаслар жәмийетлик ҳәрекети районлық Кеңеси менен биргеликте алып барылатуғын, бос жумыс орынлары  ҳәм вакант орынлар  ушын өткерилетуғын «Мийнет ярмаркалары»  да үлкен әҳмийетке ийе.

Райондағы қурылыс ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжинде район ҳәкиминиң 2016-жыл 31-декабрьдеги «Тахтакөпир районында 2017-жыл даўамында мийнет ярмаркаларын өткериў ҳаққындағы» 871-санлы қарарына муўапық, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, биринши гезекте жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлерин питкерген жасларды өз қәнийгеликлери бойынша жумысқа орналастырыўға көмеклесиў мақсетинде мийнет ярмаркасы өткерилди.

Мийнет ярмаркасын  райондағы  Қурылыс ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжи директорының орынбасары       И.Сәрсенбаев басқарып барды. Район прокуроры Қ.Бекмуратов,  районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, Олий Мажлиси Сенаты ағзасы А.Аллиярова ҳәм тағы басқалар өткерилип атырған мийнет ярмаркасының әҳмийетин айтып өтти.

Ярмаркаға 28 мекеме ҳәм кәрхана өзлериниң 114 бос жумыс орынлары менен қатнасты.

Үш күн даўам еткен мийнет ярмаркасы жуўмағында 77  жумыссыз пуқара өз қәнигеликлери бойынша бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен жумысқа орналасты.

Мийнет ярмаркасының және бир әҳмийетли тәрепи-колледж питкериўшилеринен   7 оқыўшы жеңиллетилген кредитлер алып, өз бизнеслерин баслаў ушын шәртнамалар дүзди.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТИЯРОВА