Iqtisodiyot АЙЫПЛЫ ЖАЗАСЫН АЛДЫ

АЙЫПЛЫ ЖАЗАСЫН АЛДЫ

7
АЙЫПЛЫ ЖАЗАСЫН АЛДЫ

Ҳәр қандай хызмет лаўазымына басшы   сайланған ўақытта халық оннан жаңалық күтеди.  Өз гезегинде басшы да халықтың өзине деген инсенимин ақлап, жуўапкершиликти сезинип, жумысқа шын ықласы менен кириссе не жақсы. 

Мына суд ҳүкиминдеги ўақыялар судланыўшы ҳәм гүўалардың берген көрсетпелерине бола жынаят иси ҳүжжетлери үйренип шығылып, анықланған.

 1958-жылы туўылған Б.Еримбетов 2011-жыл 7-июннан баслап Тахтакөпир мәмлекетлик тоғай хожалығы директоры лаўазымында ислеп келип, 2012-жыл 1-октябрь күни жумыстан босаған А.Ерлепесованың орнына оның баласы М.Темирхановты сол күнги буйрық пенен жумысқа алады. Лекин оның менен материаллық жуўапкершилик бойынша шәртнама дүзбестен тоғай хожалығының жәрдемши тармағы балансындағы майда шақлы малларды тапсырған. Кейин ала М.Темирханов өазақстан Республикасына жумыс ислеў ушын кетип қалған ўақытта майда шақлы маллар  оның анасының ықтыярында қалған. Баланста болған майда шақлы малларды бирде бир шахсқа материаллық жуўапкершилик ушын тапсырмастан, сол ўақыттан 2016-жылдың 1-июлине шекем жәми 12.073.610 сумлық 78 бас майда шақлы малларды ҳәм де орташа баҳасы 2.800.000 сумлық бир бас ат  талан-тараж етилген.

Сондай-ақ, Тахтакөпир мәмлекетлик тоғай хожалығының жумысларына жумсалатуғын, автотранспорт қуралларына сарп етиў ушын хожалықтың қәрежетлери есабынан сатып алынған, ҳәр литриниң баҳасы 2805,2 сумнан болған 1735 литр, жәми 4.677.000 сумлық дизель жанылғысын талан-тараж етиў жынаятын ислеген.

Судланыўшы Б.Еримбетов суд мәжилисинде айыбын мойнына алып, 2011-жыл июнь айынан 2016-жыл 7-апрель күнине шекем тоғай хожалығында директор лаўазымында ислегенин, бурынғы бас шопан жынайый жуўапкершиликке тартылғаннан соң оны жумыстан босатып, орнына оның баласын шопан ўазыйпасына алғанын айтты. Лекин малларды оның анасы баққан.  2014-2016-жыллар даўамында ҳарам өлген майда шақлы маллардың сүйеклерин топлап, өзине тийисли ураның алдына қойып, тоғай хожалығы хызметкерлери, райондағы ветеринария бөлими ветеринар шыпакериниң қатнасыўында өлген маллардың сүйеклери  санақтан өткерилип, жағып жиберилип, көмилген. Бул маллардың ҳарам өлгенлиги ҳаққында есабатта көрсетилмегени себепли  басқарма тәрепинен есаптан шығарылғаннан кейин есабатқа қосылған.

Суд мәжилисинде  қатнасқан А.Ерлепесова жумыстан босағаннан соң Б.Еримбетов оның орнына баласын жумысқа алатуғынын айтқан. Бирақ анық жумысқа алған-алмағанынан хабары болмаған. Баласы өазақстан Республикасына жумыс ислеўге кеткен ўақытта тоғай хожалығына тийисли малларға өзи қараған. Маллар 2016-жылдың июнь айына шекем А.Ерлепесовада болған. Бир мәрте аўзы күйгеннен соң маллардың кемислиги бойынша және судланып жүрермиз деп қорыққан олар ҳуқық қорғаў уйымларына арза менен мүрәжат еткен.

Дәслепки тергеў дәўиринде Б.Еримбетовқа тергеў органы тәрепинен қойылған айып бойынша 1199 бас майда шақлы маллар районлық тоғай хожалығына тапсырылған болып, суд тергеўи дәўиринде оның айыплаўынан 41 бас майда шақлы ешкиниң кемислиги 2014-2016-жыллар даўамында ҳарам өлген маллар екенлиги өз дәлийлин тапты.Сондай-ақ, дәслепки тергеў дәўиринде кемис болған 4.867.000 сумлық дизель жанылғысы  районлық тоғай хожалығы есап бетине толық қайтарылғанын есапқа алыўды лазым деп тапты.

Судланыўшы Б.Еримбетовқа еки жыл мүддетке мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик үлеси бар кәрханаларда басшы лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырылып, ҳәр айда мийнет ҳақысының 10 пайызы мәмлекетлик дәрамат есабына услап қалған ҳалда еки жыл мүддетке  дүзетиў иси жазасы  таярланды.

(Адам атлары өзгертилди)

Жасурбек Уразбаев

Жынаят ислери бойынша  районлық судының баслығы