Iqtisodiyot ЖӘНЕ БИР НЫЗАМСЫЗ ҲӘРЕКЕТ

ЖӘНЕ БИР НЫЗАМСЫЗ ҲӘРЕКЕТ

2
ЖӘНЕ БИР НЫЗАМСЫЗ ҲӘРЕКЕТ

2017-жыл 25-май күни бөлимге келип түскен оператив мағлыўматларға тийкарланып, Шымбай районы «Қамысарық» АПЖ орайы аймағында өткерилген тексериў нәтийжесинде усы аймақта жасаўшы пуқара Матенов Өмирбек Худайбергенович өзиниң үйи алдындағы қосымша ханасында ҳеш қандай ҳүжжетсиз наспай ислеп шығарыў цехын қурып қойғанлығы анықланды.  Пуқара Ө.Матеновке тийисли болған 1 дана наспай ислеп шығарыў үскенеси, 4 кг. наспай, 69 кг. темеки унтағы, 109 кг. күл, 1 дана темеки майдалайтуғын үскене, 5 рулон бир мәртелик полиэтилен пакет, 79 дана наспай шақша ҳәм 7 дана наспай салғыш қасықлары айғақлы зат ретинде ҳүжжетлестирип алынды.

Бул бойынша пуқара Ө.Матеновтың қарсысына Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 186-статьясы 1-бөлими менен Шымбай районы Ҳәкимшилик судына жиберилди ҳәм суд тәрепинен пуқара Ө.Матеновқа 748875 сум ҳәкимшилик жарийма салынды. Айғақлы зат ретинде алынған затлар жоқ етилди.

Қуўандық АЛЛАМЖАРОВ

Департаменттиң районлық бөлими инспекторы