Таңлаўда ҳаял-қызлар
	
		
		 1884
		 0						
	
	 
	Тахтакөпир районындағы орайлық мәденият сарайында мәҳәллелерде миллий қәдириятларды беккемлеў ҳәптелиги тийкарында "Қызлар әдеби үгит-нәсиятлаўшысы" таңлаўы өткерилди. Қызларымызды әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаў, өнер үйретиў, белсенди ҳаял-қызлардың тәжирийбелерин ен жайдырыў мақсетинде өткерилген таңлаўға 12 мәҳәлледен ҳаял-қызлар қатнасты. Таңлаў жуўмағында "Қаратерең" мәкан пуқаралар жыйынынан Шәригүл Өтениязова жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
 
					 
				 
				 
				