Көрисиў күни кеўилли байрам болды
Қоңыраткөл АПЖ аймағында "Амал келди-жыл келди" атамасында театрластырылған музыкалы әдебий саз-саўбетли байрам кешеси өткерилди. Мусылманның жаңа жыл басы келиўи менен қазақ миллетиниң ата- бабаларынан мийрас болып келген дәстүрий көрисиў күни бул аймақта кең түрде белгиленди. Туўысқан қазақ халқының миллий мийраслары ҳәм салт-дәстүрлерин келешек әўладқа жеткерип бериў мақсетинде бул күнге жақсы таярлықлар көрилди. Районлық мәденият бөлимине қараслы "Саржайлаў" қосық хәм ойын халық жәмәәти менен 18-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәти тәрепинен "Көрисиў", "Тусаў кесер", "Күмис илиў" композициялары, қосық ҳәм аяқ ойынлары жыйналғанлар нәзерине усынылды. Қазақ хәм қарақалпақ қара үйлери тигилип, миллий көргизбелери шөлкемлестирилди, палўанлар гүреси, қораз урыстырыў, сондай-ақ ләйлеклер ушырылыўы байрамның мазмунын байытты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети