Жаслар көркем өнер шеберлери менен ушырасты
“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтыӊ саламатлығын беккемлеў жылы”на байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў барысында, жаслардың бос ўақытларын кеўилли, мазмунлы өткериў мақсетинде 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде кѳркем ѳнер ўәкиллери менен ушырасыў кешеси болды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты,Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Гүлхатийша Айымбетова, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артистлер Жамила Бекбергенова ҳәм Ринат Ражаповлар мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, олар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында сөз етип, жасларды бос жүрмеўге, ҳәр бир өтип атырған ўақыттан үнемли пайдаланыўға шақырды. Көркем өнер шеберлери өз репертуарындағы қосықларынан атқарды. Ушырасыў жасларда жақсы тәсирлер қалдырды деп ойлаймыз.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети