Байрамға арналған салтанат
1372
0
Бүгин районлық мәденият сарайында 14-январь-Ўатан қорғаўшылар күнине арналған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Залда республикалар гимни жаңлады.
Буннан соң район ҳәкими Жамбул Адилов шығып сөйледи. Район ҳәкими өз сөзинде Ана диярымыз Өзбекстанды қорғаў ушын ҳәмийше таяр турған миллий армияға, батыр ҳәм мәрт жигитлеримизге мәмлекеттеги тынышлықты тәмийинлеп турыўдағы сабырлылығы ушын ҳүрмет билдирди.
Ўатанымыз қорғаны болған көпшилик хызметкерлер "Миннетдаршылық хаты", саўғалар менен сыйлықланды. Салтанатлы мәжилистен соң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети