Жаслар - Ўатан сүйиўшилер
	
		
		 1849
		 0						
	
	 
	Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлериниң дүзилгенине 29 жыл толыўына бағышлап «Ким ўатанға садық болса, мен боламан сол!» ураны менен жоқарғы класс оқыўшылары арасында әскерий илажлар өткерилди. Әскерий жарыс шөлкемлестирилип, оқыўшылар 8 шәрт бойынша күш сынасты. Ўатан қорғаўшылар күни алдынан саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бағдарында өткерилген илажлар тийкарында жас өспиримлерди әскерий турмысқа шынықтырып барыў менен бирге олардың Ана Ўатанды сүйиўге деген муҳаббатын арттырыўдай ийгиликли нийетлер бар.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
 
					 
				 
				 
				