Конституция - бахыт Нызамы
Өзбекстан Республикасының Конституциясы дүньядағы ең жетилискен конституциялардың бири болып, ықшамлығы ҳәм кең көлемлилиги, демократиялық принциплери, инсаныйлығы менен айрықша ажыралып турады.
Мине, усындай кеңпейилликти өзине жәмлеген хуқықый ҳүжжетимиз - Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 8-декабрь күни 28 жыл толады. Усы сәнеге бағышланған байрам илажлары Тахтакөпир районында орынларда басланып кетти. Райондағы кәсип-өнер мектебинде "Конституция - бахтымыз нызамы" атамасында байрам кешеси өткерилди. Онда кәсип-өнер мектеби оқыўшылары конституцияның абзаллықлары ҳаққында түсиниклерин атап өтиў менен бирге, конституция хаққында шайырлардың қосықларынан оқыды. Соң өзлери таярлаған концерт бағдарламасы атқарылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети