Ma'daniyat Жаңа кәсип-өнер мектебиниң дәслепки байрамы

Жаңа кәсип-өнер мектебиниң дәслепки байрамы

0
Жаңа кәсип-өнер мектебиниң дәслепки байрамы

Бүгин Тахтакөпир районлық кәсип-өнер мектебинде 1-декабрь - қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибетине арнап "Ана тилим-мақтанышым" атамасында байрам кешеси өткерилди. Кешеде тилдиң тазалығына қойылатуғын талаплар, ҳүжжетлердиң қәтесиз жазылыў абзаллықлары, тилге ҳүрмет көрсетиў ўазыйпалары устазлар тәрепинен атап өтилип, оқыўшы жаслар тил ҳаққында данышпанлардың сөзлеринен оқып, шайырлардың қосықларынан атқарды. Байрам кешесинде мектеп ҳәўескерлери тәрепинен таярланған қосықлар, аяқ ойынлар қойып берилди.

Быйылғы жылы аяқ басып атырған кәсип-өнер мектебиниң бул биринши байрам кешеси еди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети