Бүгинги илаж "Маржанкөл"де
Ҳәр күни жүзлеген жерлеслеримизге жақсы кейпият инәм етип, оларды елимиздеги реформалар менен және де жақыннан таныстырыўға үлесин қосып атырған "Жаңа Өзбекстан — жаңаша дүньяқарас" идеясы тийкарында даўам етип атырған илажлардың бири "Маржанкөл" аўыл пуқаралар жыйынында өткерилди. Илажда аймақта көплеген өзгерислер болыўы күтилип отырғаны, Президентимиз тәрепинен аўыр аймақлар қатарында исбилерменлик ушын жеңилликлер жаратылып атырғаны атап өтилди. Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Әбдиев өзиниң дөретпелеринен саўға етти.
Аймақтағы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшыларының белгили қосықшылар менен аяқ қосыўлары ҳәммеге хош кейпият бағышлады.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети