АНА ТИЛИМ– АР-НАМЫСЫМ!
Ана-бул уллы инсан! Бул сөздиң түбинде терең мәни бар. Себеби, ол бизлерди ақ жуўып, ақ тарап камалға келтиреди. Мийирманымыз, ғамхоршымыз болып өз балаларын қорғайды. Ал, бизлер ер жете келип, ана алдындағы әдиўли миннетимизди орынлаймыз.
Сол себептен де анаға көп нәрсе теңлестириле бермейди. Анаға-Ўатан теңеледи, тил теңеледи: Ана тил деп айтылады. Бул болса ҳәр бир адам ушын өз тилиниң анадай әзийз, мүбәреклигинен белги.
Қарақалпақ тили-қарақалпақ халқының нандай қәстерли, суверенли Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили. 1989-жыл 1-декабрьде Қарақалпақстанда қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилип, бул сәне ҳәр жылы көтериңки байрамланбақта.
Бирақ, соңғы ўақытларда халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында Ана тилимизди бузып сөйлеў ямаса өзимизде эквиваленти бола тура рус, қазақ, өзбек тилине тән болған сөзлерди пайдаланып жүргени ашынарлы жағдай. Туўры, Қарақалпақстан Республикасында қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери мәмлекетлик тил есапланады. Бирақ, тилимиздиң тазалығына өз тәсирин тийгизбеўи керек. Егер, өзбек тилинде сөйлесетуғын болсақ, сап өзбек тилинде, егер, қарақалпақ тилинде сөйлесетуғын болсақ, сап қарақалпақ тилинде сөйлеўимиз лазым. Өйткени, тил тазалықты сүйеди.
Өзбек тилинде ушырасатуғын «тизими» сөзин базылар «қарақалпақшалап» дизими деп айтып жүрипти. Негизи өзбек тилиндеги «тизими» сөзи қарақалпақшада «қурылысы», «қурамы», «системасы», айырым жерде «структурасы» деп те аўдарылады. Сондай-ақ:
Таниқли – танымалы, белгили (танықлы емес).
Томорқа – мөлдек жер, қыйтақ жер (тамарқа емес).
Маблағ – ғәрежет, қаржы (маблағ емес).
Мен эса – мен болса (мен есе емес).
Асос - тийкар (асас емес).
Мустақиллик - ғәрезсизлик (мустақыллық емес).
тадбир - илаж (тадбир емес).
Оддий - әпиўайы (аддий емес).
Тадбиркор - исбилермен
тадбиркар емес).
Ғурур - мақтаныш (ғурур емес).
Ваҳима - қорқыныш (бақима емес).
Бундай мысалларды көплеп ушыратыўға болады. Айтайын дегеним, ана сөзи менен теңеген бул тилге қыянет етпейик! Анамыз, яғный ана тилимиз алдындағы әдиўли миннетимизди орынлайық!
Султан Узақбаев.
Тахтакөпир районы ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси