ҲАЯЛЛАР-ШАҢАРАҚТЫҢ УЙЫТҚЫСЫ
	
		
		 2425
		 0						
	
	 
	Бизиң 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң педагог-тәрбияшылары балаларға «Дәслепки қәдем» оқыў бағдарламасы шеңберинде тәлим-тәрбиясын берип келмекте.
Жасарыў, ояныў паслы менен кирип келетуғын ҳаял-қызлар байрамын шөлкем жәмәәти көтериңки руўхта белгилеп өтти.
Байрамға арнап мектепке таярлаў топары тәрбияланыўшы қызлар арасында «Бәҳәр мәлийкасы», ал, педагог кадрлардың билим-тәжирийбелерин сынаў мақсетинде «Шаңарақтың уйытқысы-әзийз ҳаяллар» атамасында жарыслар өткерилип, бес басқыш бойынша беллести. Жеңимпазлар анықланып, оларға байрам саўғалары тапсырылды.
Шийрингүл АЛЛАНИЯЗОВА
7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң психологи
 
					 
				 
				 
				