Ma'daniyat АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («АТАКӨЛ»ДЕ СҮМЕЛЕК СЕЙИЛИ)

АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («АТАКӨЛ»ДЕ СҮМЕЛЕК СЕЙИЛИ)

0
АЎЫЛЛАРДА БАЙРАМ СЕЙИЛЛЕРИ («АТАКӨЛ»ДЕ  СҮМЕЛЕК  СЕЙИЛИ)

Саз бенен сәўбетке жаны бираз жақын «Атакөл»шилер сүмелек сейилин босқа жибермеди.Наўрыз әййямында «Әзийз   Ўатанласлар, ҳәр күнимиз  Наўрыз болсын!» сүрени менен сүмелек се-йилин өткерген аўыл халқы жақсы нийетлер менен нәҳән қазанларға жаңа өнген бийдай асынан салып, ҳаял-қызлары гезекпе-гезек былғап, сүмелек қайнатты. 90 жастағы нураный ана Улбийке Абдирасулиева сүмелек қайнатыў алдынан өзиниң ақ пәтиясын берди 

Неше саатларға созылатуғын сүмелек қайнатыў ўақтынан пайдаланып, орайлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы ҳәм де «Шуғла» қосық, аяқ ойын Халық ансамбли және аўыллық ҳәўескерлердиң атқарыўында қызықлы бағдарламалар атқарылды.

-Сүмелек жас бийдай дәнинен таярланатуғын, қурамында түрли витаминлерге бай, толы тағам болып есапланады. Әсиресе балалар ушын тойымлы ҳәм пайдалы аўқат есапланады. Жас балалардың, қаны аз адамлардың бирден-бир күнделикли тағамына айландырса да дурыс болады. Себеби, кем қанлық кеселлигин сүмелек арқалы емлеўди бурында үрдис еткен,-дегендей баҳалы пикирлерин билдирди аўыл турғыны Нурсулыў Қаллибекова сүмелек ҳаққында.

Көп пенен таласып, тармасып, йошлы байрам шадлықлары арқалы ойын-күлки менен жеген тағамға не жетсин?! «Атакөл»лилердиң  сүмелек былғап, аўызбиршилик пенен нийет еткениндей, ҳәр бир күни Наўрыз болсын!