Ma'daniyat САЗ-СӘЎБЕТЛИ БАЙРАМ БОЛДЫ

САЗ-СӘЎБЕТЛИ БАЙРАМ БОЛДЫ

0
САЗ-СӘЎБЕТЛИ  БАЙРАМ  БОЛДЫ

Татыўлық ҳәм аўызбиршилик арқалы тынышлық ҳүким сүрип турған  елимизде Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллығына да жетип келдик. «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери» жылындағы  «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!»  деген терең мазмундағы идеяны өзинде жәмлеген бул уллы байрам- пүткил халымыздың жүрегинде шексиз мақтаныш сезимлерин пайда етпекте. Усы идеяны өзлериниң ураны етип алған Тахтакөпир районының халқы да ғәрезсизлигимизди алған күнди шадлы байрамлап атыр. Байрам мүнәсибети менен жыйналған халықты район ҳәкими Жамбул Адилов қутлықлаў менен бирге районымыздың соңғы бир жыл ишинде қол жеткизген жетискенликлерин мақтаныш етти. Буннан соң байрам қатнасыўшыларын Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министри Қ.Бектурдиев  қызғын қутлықлады.Халқымыздың дәс-турханына молшылық, алдағы қырманға берекет тиледи.

Қоңсылас Қазақстан Республикасы менен шегараласқан, республикамыздың ең арқа шығысында жайласқан  районымызда ҳәр түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршилик пенен жасап ҳәм нәтийжели мийнет етеди.  Журтбасымыз тәрепинен белгилеп берилген реформаларды тереңлестириўдиң табыслы әмелге асырылыўы нәтийжеси-районның социаллық-экономикалық раўажланыўының жәнеде жоқары басқышқа көтерилиў мүмкиншилигин берип атыр. «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда  әмелге асырылып атырған реформалар ең жоқары қәдирият-инсан ҳәм оның қәдир-қымбаты менен белгиленип, тыныш ҳәм абадан турмысымызды тәмийинлеўде хызмет етпекте.

Fәрезсизлик жылларында ийгиликли мақсетлер жолында ерисилген салмақлы табыслар ҳәм нәтийжелер, кең көлемли өзгерислер бүгин халқымыздың жүрегинде беккем исеним ҳәм мақтаныш  сезимлерин оятпақта. Бизиң  районның  халқы да мәмлекетимиз тәрепинен белгиленген бағдарламада алға қо-йылған ўазыйпаларды орынлаўда халық хожалығының барлық тараўларында жемисли мийнет етип атыр.

Президентимиз белгилеп берген 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарын өз ишине қамтыған ҳәрекетлер стратегиясы бойынша районда бир қанша илажлар әмелге асып атыр. Район орайындағы заманагөй үлгидеги турақ жайлардың жыл санап көбейип барыўы районның көркине көрк қоспақта. Қурылыста 2017-жылғы инвестиция бағдарламасы бойынша 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси имаратына сметалық баҳасы 1 миллиард 76 миллион сумлық ири оңлаў, 5-санлы мектепке сметалық баҳасы 966 миллион сумлық, «Қоструба» елатындағы 23-санлы мектепке сметалық баҳасы 189 миллион сумлық жаңа оқыў жайы қурып берилди. Ал, 16 квартиралы 2 қабатлы жас шаңарақлардың турақ жайы бүгин-ертең пайдаланыўға тапсырылыў  алдында. Буннан  басқа да заманагөй жаңа қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Халқымыздың ишимлик суўына болған талабы жыл сайын қанаатландырылып, быйылғы жылы «Ақкесек» массивинде 2 шақырым узынлықтағы сметалық баҳасы қңў миллион сумлық ишимлик суў тармағы жаңадан қурылып, «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 1,6 шақырым узынлықтағы сметалық баҳасы қәғ миллион сумлық суў тармақлары пайдаланыўға берилди.

Быйылғы жылдың өними ушын 3 мың  600 гектарға шигит еккен район дийханлары 6 мың 720 тонна ақ алтын өндириўди нийет етип отыр.

Өткен елимиз ғәрезсизлигиниң жигирма алты  жылында  аўыл хожалығы, көркем өнер, билимлендириў  ҳәм басқа да тараўларда бир ғана Тахтакөпир районының өзинен қаншама мийнет мәртлери шықты. Олардан еки Өзбекистан Қаҳарманы, еки Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, жети «Дустлик» ордени, алты «Меҳнат шуҳраты» ордени, бир «Фидокорона хизматлари учун» ордени, бир 1-дәрежели  «Соғлом авлод учун», бир 2-дәрежели «Соғлом авлод учун» орденлери, 12 «Щухрат», 2 «Жасорат» медалы ийелери шыққанын  халқымыз мақтаныш етеди. 

Жаңа бахытлы турмыс, жаңа жәмийет қурыў жолында исенимли баратырған  кең пейил, мийнеткеш жерлеслеримиз арасында еле талай мийнет мәртлери шыға беретуғынын исеним менен айта аламыз.

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА