Ma'daniyat БАЙРАМ АЛДЫНАН УШЫРАСЫЎ

БАЙРАМ АЛДЫНАН УШЫРАСЫЎ

0
БАЙРАМ АЛДЫНАН  УШЫРАСЫЎ

Инсан  өз турмысынан разы болып жасаўы ушын биринши гезекте тынышлық, ден-саўлық, аўызбиршилик, тоқшылық зәрүр болады. Хал-қымызға усындай бахытлы күнлерди инам еткен Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти И.Кәримов буннан 26 жыл бурын  ҳәр кимди өзлигин таный билиўге, миллий қәдириятларын қайта тиклеўге, халықты миллет сыпатында таныта билиўге жол ашып берген еди. Соннан берли халқымыз миллий ғәрезсизликке ерискен күнди ҳәр жылдағыдан өзгеше салтанат пенен күтип алмақта.

«Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» деген уран менен басланып атырған байрам алдынан орынларда мәдений илажлар өткерилип, оған Ташкент қаласынан бир қатар мийманлар келип,  халық пенен ушырасыўлар өткермекте.

Усындай ушырасыўлардың бири жақында балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде өткерилди.

Оны район ҳәкиминиң орынбасары О.Генжемуратов кирис сөзи менен ашты ҳәм басқарып барды.

Байрам илажына Өзбекистан  Республикасы Илимлер Академиясы илимий хызметкери Анвар Шеримбетов, Камолиддин Бегзод атындағы миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институты доценти, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы Рахимджан  Разамуҳамедов, театр ҳәм киноактёр  Навруз Жумаевлар  қатнасты.  Олар район халқын ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлаўы менен бирге,  ғәрезсизлик жылларында илим ҳәм мәденият тараўларында ерисилген табыслар ҳаққында толқынланып айтып берди. Әлбетте, буннан руўхланған жаслардың кеўлинде ана Ўатанға деген сүйиспеншилиги артары сөзсиз.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА