АЎЫЛДАFЫ БАЙРАМ ТАМАШАЛАРЫ
Fәрезсизлик жылларында аўыллық жерлер пүткиллей жаңаша түске енди. Аўыл халқы таза ишимлик суўы менен тәмийинленди, жаңадан жоллар қурылды. Мүшкилин аңсат етиў ушын қаладағы мүмкиншилик аўылларда да пайда болды. Халық бир мәҳәлле болып жәмлесип, той-мерекелерин биргеликте атқарып, тыныш-татыў турмыс кеширмекте.
Быйылғы жыл «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп белгилениўи менен халықтың тилек-өтинишлери инабатқа алынып, мүрәжатлары орынланбақта.
Үлкемизде «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» сүрени менен өткерилип атырған байрам тамашаларына аўылларда айрықша дыққат-итибар қаратылды.
Жақында бул уллы сәнеге арналған байрам кешелери райондағы барлық аўыл-аймақларда белгиленди. Усындай байрам илажлары райондағы «Қараой», «Белтаў», «Қоңыраткөл», «Мүлик» АПЖ аймақларында шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди.
«Қараой» АПЖ аймағында өткерилген байрамда қутлықлаў ушын сөзге шыққан районымыз басшылары ғәрезсизлик жылларында аўыл халқына көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳаққында мақтаныш пенен сөз етти. Өз гезегинде нураный аталарымыз да жаслығында өзлери пайдалана алмаған мүмкиншиликлердиң бүгинлиги перзентлерине несип еткенинен, олардың бахытлы турмыста жасап атырғанынан рийза екенлигин билдирип, ғәрезсизлигимиздиң мәңгилик болыўын тиледи.
Байрам районлық және «Өзбекистан» мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы ағзалары тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Сондай-ақ, усы күни кексе жастағы ата-аналар ушын байрам дәстурханы жайылды.
Муҳаббат АЛЛАМБЕРГЕНОВА