Iqtisodiyot ТЕГИН ПАЙДАНЫҢ ӨМИРИ ҚЫСҚА

ТЕГИН ПАЙДАНЫҢ ӨМИРИ ҚЫСҚА

0
ТЕГИН ПАЙДАНЫҢ ӨМИРИ ҚЫСҚА

Саўда-сатық, ислеп шығарыў ислери күни кеше пайда болған нәрселер емес. Бизиң халқымыз саўда-сатық ислерин әзелден жақсы меңгерген. Тарийхтан билемиз, Уллы Жипек жолы халықлардың мәдений ҳәм саўда сатық жумысларын байланыстырған. Сол дәўирлерде де халық бундай жумысларды ҳадал ислеп, ҳәр қандай пайда көрген нәрсесиниң закатин төлеп отырған. Себеби, ҳадаллық пенен табылған нанның қәдирли, берекетли болатуғынлығын жақсы түсинген.

Бизиң бүгинги заманымызда раўажланыў алға илгерилеген сайын бул ислердиң артында нызам бузыўшылық жағдайлары көплеп ушыраспақта. Бундай жағдайлардың алдын алыўда бас прокуратура жанындағы  салық, валютаға байланыслы жынаятлар ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти районлық бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Усы жылдың өткен 6 айы даўамында 3 жынаят иси ҳәм 7 ҳәкимшилик ислер жүргизилди.

Қозғатылған жынаят ислери бойынша жәми 516,0 миллион сум зыян анықланды, мәмлекетлик бюджетке 13,2 миллион сумлық қосымша салықлар есапланып, есабат дәўиринде 8,6 миллион сумы мәмлекет бюджетине өндирилди.

Ҳуқықбузарлардан 18,9 миллион сумлық товар байлықлары айғақлы зат ретинде алынды.

2016-жыл даўамында өндирилмей қалған бақыманда суммалардан 24,5 миллион сумы мәмлекетлик бюджетине өндирилди.

«Қара базарлар»да шет ел валютасының нызамсыз айланысқа киргизилиўине шек қойыў менен байланыслы 4 нызамсыз түрде шет ел валюталарын алыў ҳәм сатыў менен шуғылланып жүрген шахслар анықланып, ҳәкимшилик ислери жүргизилди. Ҳуқықбузарлардан жәми 600 АҚШ доллары, 103000 Қазақстан теңгеси ҳәм 3123,5 миллион Өзбекистан сумлары айғақлы зат ретинде алынды.

Исбилерменлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы миннетлерин қорғаў барысында оператив қыдырыў имканиятларынан өнимли пайдаланылып, олардың жумысларына нызамсыз араласыўлардың алдын алыўға қаратылған шаралар белгиленген болып, бир қатар илажлар, үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Қәдирнияз ЕРНИЯЗОВ

Департаменттиң районлық бөлими баслығы, әдиллик киши кеңесшиси