Iqtisodiyot УШЫРАСЫЎЛАР ӨТКЕРИЛДИ

УШЫРАСЫЎЛАР ӨТКЕРИЛДИ

0
УШЫРАСЫЎЛАР ӨТКЕРИЛДИ

Мәмлекетимизде исбилерменликти раӯажландырыӯ, бизнес жүргизиӯ ушын қолайлы шәраят жаратыӯ ҳәм халықты исбилерменликке кеңнен тартыӯға  ҳүкиметимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылып, буның нәтийжесинде исбилерменлер саны көбейип, олар елимиздиң экономикасының көтерилиӯине өз үлесин қосып атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПП-5718-санлы Пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы Р.Айтмуратов, Тахтакөпир районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы Р.Данеғулов пенен биргеликте Тахтакөпир районындағы исбилерменлердиң жумыс орынларына барып,  ушырасыӯлар өткерди.

Ушырасыӯ даӯамында Тахтакөпир районындағы “GOOD SALT PRODUCTION” жуўапкершилиги шекленген жәмийети дузды қайта ислеп шығарыӯшы кәрханасы, “Оразбай ата” медициналық хызмет көрсетиӯ менен шуғылланыӯшы клиникасы ҳәм көп тармақлы саӯда, ислеп шығарыӯ, хызмет көрсетиӯ тараӯларында жумыс алып барып атырған “Муҳаммед-Тахта”  жеке меншик кәрханаларына барып исбилерменлер менен ушырасты. Президентимиздиң қарар ҳәм Пәрманлары менен исбилерменлерге пандемия дәӯиринде берилген жеңилликлер, преференциялар және жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында түсиниклер берди ҳәм исбилерменлер өзлерин қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алды.

 

Тахтакөпир районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы