СИЗЛЕР ӨМИР ГҮЛЛЕРИСИЗ!
Бала деген өмир гүли ғой! Бала күлсе-әлем күледи дейди. Оның шадлығы ата-ананың бахты.
Дүньяда халық та, миллет те көп. Бирақ солардың ишинде бизиң халқымыздай балажан халық санаўлы болса керек.
Негизинде барлық байрамлар балаларымызға арналғандай. өайсы байрамды алып қарасақ та биринши нәўбетте перзентлеримиздиң сол байрамнан көбирек заўық алғанын қәлеймиз. Ал, 1-июнь-халықаралық балаларды қорғаў күниниң балаларымыздың өмиринде орны айрықша. Быйыл да балаларымыз бул күнди үлкен қуўанышлар менен күтип алды. Бул байрам аналардың да байрамы. Себеби олар қуўанса, ата-аналардың да өмирине мазмун киреди.
Байрам күни районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы алдына байрам ушын сахна безетилип, барлық балажанларымыз усы жерге жыйналды.
«Сизлер өмир гүллерисиз!» атамасындағы саз-сәўбетли байрам кешесинде район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы А.Аллиярова сөзге шығып, өмиримиздиң гүли болған перзентлеримизге бахытлы өмир тиледи. Ал, 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы, Н.Рамбергенова кишкенелерге деген тилегин өзи дөреткен қосық қатарлары менен билдирди.
Буннан соң байрам тамашасына нәўбет берилип, бақша тәрбияланыўшылары менен мектеп оқыўшыларының атқарыўындағы ҳәр түрли миллетлерге тән болған аяқ-ойынлар шеберлик пенен атқарылып, көпшиликте үлкен тәсир қалдырды. әсиресе 10-санлы балалар бақшасы тәрбияланыўшыларының ат-қарған аяқ-ойынлары ҳәммени таңландырмай қоймады.
Байрам тамашасынан соң жас сүўретшилер арасында жарыс шөлкемлестирилип, жеңимпаз болғанларға байрам саўғасы, «Мақтаў жарлық»лары тапсырылды.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА