Iqtisodiyot ЕСАБАТЛАР ЭЛЕКТРОН КӨРИНИСТЕ

ЕСАБАТЛАР ЭЛЕКТРОН КӨРИНИСТЕ

1
ЕСАБАТЛАР ЭЛЕКТРОН КӨРИНИСТЕ

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 16-июньдағы «Статистика, салық, финанслық есабатларды, лицензияланатуғын жумыс түрлерин ҳәм рухсат бериў тәртибин түпкиликли қысқартыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети тәрепинен хожалық жүргизиўши ҳәм исбилерменлик субъектлериниң статистикалық есабатларды электрон санлы имзадан пайдаланған ҳалда электрон көринисте тапсырыў тәртиби ислеп шығылды. Бүгинги күнге келип статистикалық есабатлар интернет тармағы арқалы қабылланбақта.

Ҳәзирги күнде мекеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге интернет тармағы арқалы электрон көринисте тапсырыў ушын мәмлекетлик статистика есабатлары формалары ҳаққындағы мағлыўматларды www.stat.uz рәсмий сайтынан «Электрон есабат» бөлиминен алыў мүмкиншилиги жаратылған.

Ҳүрметли исбилерменлер! Исбилерменлик субъектлерге жаратылған қолайлықлардан пайдаланып, белгиленген мәмлекетлик статистикалық есабатларды өз мүддетинде интернет тармағы арқалы электрон көринисте тапсырыўға шақырамыз.

Егер мәмлекетлик статистикалық есабатларды электрон көринисте тапсырыўда қыйыншылықлар ҳәм түсинбеўшиликлер пайда болса районлық статистика бөлиминиң 435-27-81 телефонына қоңыраў етип хабарласыў арқалы, сондай-ақ, бөлимимизге келип аўызша ямаса жазба түрде мүрәжат пенен хабарласыўға болады. Бөлимимиз хызметкерлери исбилерменлик субъектлери ўәкиллерине қыйыншылықларды сапластырыўда ҳәм түсинбеўшиликлер бойынша зәрүр кеңес алыўыңызда жәрдемлесиўге бәрқулла таяр.

Болат ТӨЛЕГЕНОВ

Районлық статистика бөлиминиң жетекши қәнигеси