НЫЗАМСЫЗ ДҮНЬЯ КӨЗ ШЫҒАРАР
Мәмлекетимизде салық тараўындағы нызамбузыўшылықларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, коррупция, салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди төлеўден бас тартыў, нақ пул ҳәм сырт ел валюта қаржыларының нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бойынша анық мақсетке бағдарланған жумыслар әмелге асырылмақта.
Экономика ҳәм қаржы тараўларында нызамшылықты тәмийинлеўде департамент хызметкерлериниң атқаратуғын хызмети айрықша.
Арамызда сондай алды-сатты менен шуғылланатуғын адамлар бар, олар өзлериниң «урлығын» жасырыў ушын мудамы ҳәммениң көзин тасалап, саўдасының ебин табыўға урынады. Бирақ бул сапары олар өзлериниң дийдилеген мақсетлерине жете алмады.
Департаменттиң Қараөзек районы бөлими тәрепинен алынған мағлыўматларға қарағанда усы жылдың февраль айы ишинде Қараөзек дийхан базары аймағында өткерилген рейд нәтийжесинде мына пуқаралардың нызамсыз ҳәрекетлерине шек қойылды. Атап айтқанда, пуқаралар М.Мәмбеткаримова ҳәм И.Сейтимовлар алдын ала тил бириктирип, нызамсыз түрде ҳеш қандай ҳүжжетсиз валюта алды-сатты саўдасы менен шуғылланып жүрген пайытында қолға алынды. Олардың жанынан сатыў мақсетинде алып жүрген 118000 өазақстан теңгеси, 500 Россия рубли ҳәм 4 553 000 Өзбекистан сумы айғақлы зат ретинде алынды.
Сондай-ақ, пуқара Д.Мырзанова да пуқара Л.әўезбақиевтен 100 АҚШ долларын 685000 сумға сатып алып атырған ўақтында иркилди. Рейд дәўиринде Д.Мырзанованың жанынан сатыў ушын алып жүрген 300 АҚШ доллары, 30000 Қазақстан теңгеси ҳәм 899 000 Өзбекистан сумы алып қойылып, пуқаралардың жанынан табылған барлық пуллар мәмлекет пайдасына өткерилди. Ал, нызамсыз түрде ҳәрекет еткенлер Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 170-статьясы менен айыплы деп табылып, тийисли муғдарда жәрийма төлеўге себеп болды.
Нызамсыз ҳәрекеттиң өмири қысқа деген усы.
А. Б. БАЗАРБАЕВ
Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы, әдиллик кеңесшиси