Ma'daniyat ХАЛҚЫМЫЗ УШЫН ЖАҢАЛЫҚЛАР ИМКАНИЯТЫ

ХАЛҚЫМЫЗ УШЫН ЖАҢАЛЫҚЛАР ИМКАНИЯТЫ

3
ХАЛҚЫМЫЗ УШЫН ЖАҢАЛЫҚЛАР ИМКАНИЯТЫ

Барған сайын заман раўажланып, ҳәр күни жаңаланыўлар жүз бермекте. Телевидение бир ўақытлары қара реңли көрсетиўлери менен адамзатты таң қалдырған болса, бүгинги күнде аналог сигналларға тийкарланған форматтан санлы форматтағы телекөрсетиўлерге өткерилди. Санлы телевидениениң имканиятлары жүдә кең болып, радио толқынлы спектрди нәтийжели қолланыў ҳәм көп каналлы телевизиялық көрсетиўлерди узатыў , интерактив хызметлерди усынып, жоқары анықлықтағы телевизиялық видеокөрсетиўлерди алып бериў мүмкиншиликлерине ийе.

Раўажланып баратырған заман, сана-сезими бираз алға илгерилеп кеткен халқымыздың арзыў үмитлери, заманагөй техникаға болған қызығыўшылығы, дүнья халықларының ҳеш биринен кем болмаған  алға қойған мақсетлери ҳәр қашанда мәмлекетимиз тәрепинен есапқа алынып келген. Санлы телекөрсетиўди жолға қойыў  бойынша ¤збекистан Республикасы Президентиниң 2012-жыл  17-апрельдеги «Өзбекистан Республикасында санлы телевидениеге техникалық ҳәм технологиялық өтиў бойынша Мәмлекет бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-1741-санлы, 2014-жыл 3-апрельдеги «Ўзбекистан Республикасында  санлы телевидение тармағын раўажландырыў ушын Япония халықаралық банки ҳәм Японияның коммерциялық банклери жеңиллетилген кредитлерин жолға қойыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2157-санлы қарарлары менен «Ўзбекистан Республикасында жер үсти санлы телевидение тармағын раўажландырыў» инвестиция режесин 2015-2017-жылларда әмелге асырыў белгиленген. Усы ҳүкиметлик қарарлар тийкарында көплеген жумыслар алып барылды ҳәм буның бир ушын республикамыздың ең шетки, қоңсылас өазақстан Республикасы менен шегаралас аймағы Тахтакөпир районы мысалында көриўимизге болады.

Өзбекистан Республикасы ахборот технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў Министрлигиниң радиобайланыс, радиоеситтириў ҳәм телевидение орайы унитар кәрханасы тәрепинен аталған инвестиция режесин әмелге асырыў бойынша Тахтакөпир радиотелестанциясында санлы телеөткизгиш орнатыўға таярлықлар алып барылды. Нәтийжеде, 10-апрель күни Японияның NEC компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған, DTU-70/1R3PQ  UHF 1,3 kW DVB-T2 маркалы,  қуўаты 1 квт болған, баҳасы 894447307 сумлық санлы телеөткизгиш орнатылып, иске түсирилди. Енди Тахтакөпир районы халқы 17 телевидение бағдарламасы менен 4 радио еситтириў бағдарламасын санлы форматта ҳәм сыпатлы қабыл етиў имканиятына ийе болды. Бул район халқының көптен күткен арзыўы еди.

Дина Палманова-17-санлы мектеп директоры: -Бизлер ра-йоннан алыс елатлы пунктте, Мүлик аўылы пуқаралар жы-йынында жасаймыз.өзимиздиң санаўлы каналларымыз болғаны ушында, өазақстанның каналларын «Отаў» арқалы көретуғын едик. Гейде рәң-бәрең көп каналлары болғаны ушын өзимиздиң  мәденият, көркем өнер тараўындағы, басқа да жаңалықлардан  хабарсыз қалып қоямыз. Санлы телекөрсетиўлерге ерисиў, өзимиздиң 17 каналды тамашалаў, әлбетте булар жақсы жаңалық деп есаплайман.

Жумамурат Аманшаев-«Нураний» қоры районлық бөлиминиң баслығы: –Бул жаңалық биз нуранийлар ушын жаңалықлар мәканы, кеўилли дем алыўға жақсы мүмкиншиликлер екен. әсиресе, «Мәҳәлле» телеканалындағы нуранийлар ушын көрсетиўлер, нураний аналарымыз  ушын кино сериаллар, дем алыс концертлери унап атыр. «Диёр» , «Мәҳәлле», «Маданият ва маърифат» каналлары, қулласы ҳәр бир каналда әтирапымыздағы, пайтахтымыз Нөкис қаласы менен ра-йонларымыздағы жаңалықларды да ҳәр күни көрип атырмыз.      

Анатолий Альжанов-телеоператор: -Бизлер тек ғана үш каналды көриў мүмкиншилигине ийе едик. Олар: «Өзбекистан», Қарақалпақстан телеканалы ҳәм «Спорт»  каналлары. өзим спорт көриўге қызықпайман. Сонда еки каналды айналдырып көриўге мәжбүр едим. Жаңа санлы телекөрсетиўлердиң иске түсиўи менен ¤збекистанның 17 каналын көриў мүмкиншилигине ийе болдық. Бул мүмкиншиликлер мен ушын кеўилли дем алыў имканияты менен бирге, жумысыма байланыслы тәжирийбе мектеби болады, деп ойлайман.

Тахтакөпир радиотелестанциясында санлы телеузатқышты монтажлаў, сазлаў ҳәм иске түсириў жумыслары Ташкент-теги радиобайланыс, радио еситтириў ҳәм телевидение орайы мәмлекетлик унитар кәрханасының қәнигелери тәрепинен әмелге асырылды. 

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА