Ma'daniyat CАЛТАНАТЛЫ БЕЛГИЛЕНДИ

CАЛТАНАТЛЫ БЕЛГИЛЕНДИ

0
CАЛТАНАТЛЫ БЕЛГИЛЕНДИ

Халқымыз Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күниниң 24 жыллығын  ең үлкен байрамлардың бири сыпатында белгилеп өтти. Бул Конституцияның алғы сөзинен ҳәм дәслепки статьяларынан баслап оның ақырғы статьясына шекем ғәрезсизлик, адамгершилик, тыныш татыўлық, инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлери, теңлик сыяқлы бир қатар идеяларды өз ишине алады.

«Конституция ҳәм нызамның үстинлиги принципи соны аңлатады,- дейди Мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Каримов,- бунда бәрше әмелдеги нызамлар ҳәм норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер Конституция тийкарында ҳәм оған муўапық болыўы талап етиледи».  Мине, усындай нызам үстинлигин өзинде жәмлеген өарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күнди райондағы билимлендириў орынларында салтанат пенен белгиледи. Райондағы  балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде өткерилген салтанатлы жыйналыста шығып сөйлеген район ҳәкими, ҳуқық қорғаў уйымы қәнигелери ҳәм басқалар   Конституция мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ең жоқарғы юридикалық күшке ийе екенин мысаллар менен атап өтти.

Ҳақыйқатында да, Конституция мәмлекеттиң ерк-ықрарын көрсетиўши, мәмлекет дүзилиси ҳәм басқарыў формасы тийкарларын белгилеўши, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, ҳәкимият уйымлары хызметин шөлкемлестириў тәртиби ҳәм принциплерин белгилеўши тийкарғы нызам.

Салтанатлы мәжилис соңында районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы талантлыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Ҳүрлиман АCЕНОВА