Ma'daniyat АБАТ ЕЛДИҢ ШАДЛЫ БАЙРАМЫ

АБАТ ЕЛДИҢ ШАДЛЫ БАЙРАМЫ

0
АБАТ ЕЛДИҢ ШАДЛЫ БАЙРАМЫ

Елимизде уллы Наўрыз байрамы. Ҳүрметли Президентимиздиң быйылғы жылды «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери  жылы» деп жәриялаўы байрамға жаңаша мазмун ҳәм өзгешелик инам етпекте.

Наўрыз-тәбияттың ояныў ҳәм жаңаланыў пасылы болып, шығыс дүньясындағы ең әййемги,  ҳақыйқый миллий  байрам. Соның менен бирге Наўрыз өзине тән бийтәкирар бир әлем болып, инсанды тәбият пенен ҳәмийше бир пүтин болып жасаўға умтылдыратуғын, өз-ара меҳир-мириўбет, қәдир-қымбат, қайыр-сақаўат байрамы.

Мине, усындай тәрийплерге ийе болған Наўрыз байрамын пүткил елимиз қатарында  Тахтакөпир районының көп миллетли  халқы да ҳәр бир аўыл ҳәм көшелерде  бири-бирине кеўил сарайын кеңнен ашып, үлкен  аўызбиршилик пенен белгилеп атыр.

Район орайындағы спорт майданшасында өткерилген салтанатлы тамашалар ҳақыйқый байрам шадлықлaрына уласты. Олар наўрызлық гөже, сүмелек ҳәм көк  сом-са сыяқлы наўрызға тән  тағамлар тартылған дәстурханлар әтирапында  байрам қуўанышларын бир пүтин шаңарақ болып бирге бөлиспекте. Байрам мүнәсибети менен жыйналған халықты район ҳәкими Оразбай Шаназаров, Ташкент қаласынан ҳәм пайтахттан келген мийманлар қызғын қутлықлады.  Халқымыз дәстурханына молшылық, гүзги зүрәәт ушын дийханлар телегине болса берекет тиледи. 

Ҳақыйқатында да бәҳәрдиң нәпеси есип турған бул ўақытлары дийханларымыз жаңа арзыў-нийетлер менен жерге тухым шашыўды ойласып, бири-бирине «Таслаған бир тухымыңыз мың болсын!», деп ең ағла тилеклерин билдирип атыр. Бул күни аўылларда барған сайын тийкарғы күшке айланып атырған дийхан ҳәм фермерлердиң, жүрегинде оты бар ҳәр бир жерлесимиздиң турмысында жаңа мийнет мапазы басланады. Усындай дийхан мийнети басланар бир мәҳәлде Өзбекистан Қаҳарманлары Ағытай Әдилов пенен Сәрсенбай Сейтназаровлардың избасарлары болған район фермерлери-дийханларымыз гүзде егилген 4400 гектар жердеги бийдай дақылларына тәрбия жумысларын алып барыў менен бирге, быйылғы жылы егилиўи күтилип отырған 3 мың 600 гектар майданға пахта, 125 гектарға егилетуғын баў-бақша,  400 гектар жерге жүзим, 1057 гектарға жоңышқа ҳәм 54 гектарға егилетуғын картошка өнимлерин өндириўге  таярлық жумысларын баслап жиберди. 

Быйылғы жылы районда санаат өнимлерин ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў Дәстүри баҳасы 25 млрд 650 млн.сумлық, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўын раўажландырыў Дәстүрине муўапық  проект баҳасы 7 млрд 825 млн сумлық, азық-аўқат Дәстүри тийкарында шарўашылық, қусшылық, балықшылықты раўажландырыў бойынша  қуны 3 млрд. 859 млн.сумлық жәми 37 млрд. 314 млн.сум болған 112 проект әмелге асырылыўы режелестирилген.

Районда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўды күшейтиў мақсетинде қабыл етилген  Президентимиздиң қарары тийкарында   сметалық қуны 1 млрд 284 млн сумлық 2 қабатлы турақ жай имаратының қурылысы,   районлық билимлендириў тараўына қараслы 5-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратына  979 млн. сумлық капитал оңлаў жумыслары басланды.    

Районда усындай  пайызлы демлерде адамлар мәҳәлле, көше, ел-журт пенен татыў болып, өз-ара кеўил сырларын ашып, наўқаслардың, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларының жағдайларынан хабар алып, теберик кекселеримиздиң ақ пәтиясын алыўға умтылмақта.

 Ҳақыйқатында да бул байрам халқымыздың беккем аўызбиршилигин, мийтиндей дослығын дәлийллеп, миллийлигимизди қәстерлеўге  бағдарлайтуғын қүдиретли күн сыпатында қәдирли.

  Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА