СҮЙИКЛИ ШАЙЫРFА АРНАЛДЫ
Мине, үлкемизге пасыллар келиншеги-бәҳәр пасылы кирип келди. Ҳәр жылы көклемниң биринши күни Өзбекистан халық шайыры Зульфия Исрайлованың туўылған күни менен басланады. Барлық орынлардағы сыяқлы бизиң 5-санлы мектебимизде сүйикли шайырымыздың туўылғанына 102 жыл толыўына бағышланып әдебий кеше өткерилди.
Дәслеп шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында тамаша-гөйлерге мағлыўматлар берилди.
Буннан соң оқыўшылар шайыр ҳаққында заманласлары ҳәм шәкиртлериниң жүректен айтқан сөзлеринен оқып берди. өызлардың атқарыўындағы аяқ-ойынлар усынылды. Оқыўшылар шайыр қәлемине тийисли қосықлардан тәсирли етип оқып берди.
Зульфия шайырдың дөретиўшилигинде өзбек поэзиясының жарқын жулдызларының бири Хамид Алимжанның тәсири жоқары болды. Шайыра Хамид Алимжан ҳаққында былай дейди: «Көп өтпей өмир маған және де талапшаң ҳәм қатты қол редакторды бағышлады. Хамид Алимжан қәлбим ҳәм руўхымда қәўендерим ҳәм сезгир мәсләҳәтшим де еди».
Бүгинги күнде мәмлекетимизде инглис тили тереңирек үйренилмекте. Инглис тили пәнинен мектеп оқыўшылары арасында өткерилген пән олимпиадасында 9 в класс оқыўшысы Зульфия Ердәўлетова районлық басқышта биринши алыўға миясар болды. Ол әдебий кешеде инглис тилинде Зульфия шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигинен оқып берди.
Халқымыздың жүрегинен терең орын алған сүйикли шайырымыз Зульфияның бизге қалдырған бийбаҳа шығармалары қәлбимизде мәңгиге жасайды.
В.АЛЛАШОВА
5-санлы мектептиң басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы