НАЎРЫЗ-МЕҲИР-МИРИЎБЕТ ТЫМСАЛЫ
Тәбияттың жанланыўы ҳәм жаңаланыўы менен журтымызда гөззал бәҳәр паслы ҳүким сүрмекте. Пүткил әтирап оянды. Қыс мәўсими шығып, бәҳәр әййямына саў-саламат жетисип, жерге туқым сеўетуғын ўақыт келип жетти. Усындай әжайып бир мәўритлерде халқымыз өзиниң көп әсирлик тарийхына, миллийлигине ийе болған улыстың уллы күни- наўрыз байрамын үлкен салтанат пенен белгилеп өтти.
Наўрыз байрамының басқа байрамлардан өзгешелиги сонда, ондағы миллийликке тән болған қәсийетлери халқымызды жыл сайын жаңаша көринисте күтип алыўға баслайды. Быйылғы байрам сейиллери де жылдағыдан өзгеше түс алды. Халқымыз ҳәр жыл сайын бир-бири менен аўызбиршиликли түрде үлкен нийетлер менен бир қазанға сүмелек қайнатыўды дәстүрге айландырған.
Байрам сейили болып өткен «Дәўқара» стадионына тигилген қара үйлер, көргизбеден орын алған миллий тағамлар, шебер ҳаял-қызлар тәрепинен тигилген үй дәскелери, ҳәр бир нағысында миллийлигимизди сәўлелендириўши шапан-бешпентлер, әсиресе ата-бабаларымыздың пайдаланған, лекин биз усы күнге шекем еле ушырата қоймаған ески буйымлары бәршени таң қалдырды.
Дәслеп байрамға келген мийманлар көргизбелерди, дәстурхан әтирапында атқарылып атырған миллий қосықларды, қыз-жигитлер айтысларын тамашалап, миллий тағамымыз болған сүмелектен дәм татты. Буннан соң ҳәмме асыға күткен «Ҳәр күниң наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» атамасындағы театрластырылған саз-сәўбетли байрам тамашасы басланып, онда қутлықлаў ушын сөзге шыққан район ҳәкими Ж.Адилов халқымызды тынышлықтың, меҳир-мириўбеттиң тымсалы болған байрам менен қызғын қутлықлап, елимизге тынышлық, дәстурханымызға молшылық, дийханларымыздың гүзги қырманының молшылығын тиледи.
Байрам тамашаларына нәўбет берилип, талантлылардың атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ-ойынлар, миллий саз әсбаплардағы нама атқарыўлары, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған бет ашар дәстүри тамашаланды.
Халқымыз әзелден көп миллетли халық болып, бирге бир қазаннан ас ишип, тыныш-татыў өмир сүрип келмекте. Бүгинги улыстың уллы күнинде олар өзлериниң бир-биреўге мийман дослығын, аўызбиршилигин және бир мәрте көрсете билди. Түрли миллет ўәкиллерине тән болған аяқ-ойынлар байрамға және де өзгеше түс берди.
Халқымыздың өтмишин ойласақ не бир атақлы палўанлардың өткениниң гүўасы боламыз. Демек бүгин де палўанлар гүреси, олардың гүресиў әдислери өз ықласбенлерин бийпарқ қалдырмады. Палўанлар гүреси, қошқар урыстырыў, қораз дүгистириў, арқан тартысыў, тас көтериў сыяқлы жарыслар ҳәзирги дәўиримизде де миллий тойларымыздан, миллий байрамларымыздан орын алып келмекте. Байрам тамашасында усындай жарыслар ықласбентлерди өз дөгерегине жәмледи. Жеңимпаз болғанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Усындай миллийликке тән ҳәр түрлиликти өзине жәмлеген бизиң бай мәдений мийрасларымыздың бири болған Наўрыз байрамы әсирлер өтсе де өзлигин, миллийлигин жойтқан жоқ. Қайта жыл өткен сайын оның жаңа қырлары ашылып, халқымыз бул күнди асығыслық пенен күтеди.
Байрамның және бир әҳмийетли тәрепи-кекселерге ҳүрмет көрсетиў, наўқаслар ҳалынан хабар алыў сыяқлы әмеллерден ибарат болып, бул саўаплы ислер де итибардан шетте қалған жоқ.
Инсанға болған итибар, меҳир-мириўбет күшейип атырған бир дәўирде усындай байрамларымызды көтериңки руўхта белгилеўге имканият жаратылар екен, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлығымызға көз тиймесин дегимиз келеди.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА