УРЛЫҢ ЖЫНАЯТЫ ЯКИ ЖЫНАЯТҚА ЖАЗАНЫҢ СӨЗСИЗЛИГИ

Мǝмлекетимизде соңғы жылларда суд-ҳуқық тараўларында адамгершилик принциплерине тийкарланып, инсанның ҳуқық ҳǝм еркинликлерин исенимли қорғаў, оның абыройы, қǝдир-қымбатын ҳүрметлеў, айыпсыз болғанлар жуўапкершиликке тартылмаўын тǝмийинлеўде бир қатар унамлы ислер ǝмелге асырылмақта.
Тилекке қарсы, ҳǝзирги күнде жынаятлардың алдын алыў бойынша кең жǝмийетшилигимиз арасында алып барылып атырған үгит-нǝсият илажларына қарамастан жынаятлар саны ҳǝм түри жылдан-жылға артып бармақта. Олардың бири өзгелер мүлкин жасырын рǝўиште талан-тараж етиў, яғный урлық жынаяты болып есапланады. 2023-жыл 30-апрель күни жаңа редакцияда қабыл етилген, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 65-статьясына муўапық, пуқаралар турмысын жақсылаўға қаратылған елимиздиң экономикасының тийкарын түрли формалардағы мүлк қурайды. Өзбекстан Республикасында барлық мүлк формаларының тең ҳуқықлылығы ҳǝм ҳуқықый тǝрептен қорғалыўы тǝмийинленеди, буннан тысқары жеке мүлкке қол қатылмаслық болып табылады.
Жоқарыда көрсетилген нызам талапларына ǝмел етпестен, жǝмийетте пайдалы мийнет пенен шуғылланбастан, жеңил жол менен пул табыўды мақсет еткенлер сөзимиздиң дәлийли.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судының 2025-жыл 16-июль күнги ҳүкимине муўапық, судланыўшы М.С өзиниң таныслары Т.А ҳǝм С.Ж пенен бир топар болып, алдыннан жынайый тил бириктирип, өзгениң мал-мүлкин жасырын рǝўиште урлық жолы менен талан-тараж етиў арқалы аңсат жоллар менен пул табыў мақсетин гөзлеп, 2025-жыл 25-февраль күнинен 26-февраль күнине өтер түнде пуқара Н.Аның көше бойында темир сетка менен қоршалап, жай салыў ушын арналған бос жер орнының темир сеткадан ислеп, байлап қойған есигин нызамсыз рǝўиште ашып кирген. Усы жер орны ишиндеги қорасында турған баҳасы 3.160.000 сум болған «гиссар» нǝсилли қойларын жынайый шериклери Т.А ҳǝм С.Жлар менен биргеликте урлап алып шығып, пуқара Ж.Пның басқарыўында болған автомашинасына жүклеп, Қараөзек районында жасаўшы пуқара А.Пның үйине алып келип, оны 4.000.000 сумға сатып жиберип, пуқара Н.Аға 3.160.000 сум материаллық зыян келтирген.
Судтың дǝлийллерге сүйенген ǝдил ҳүкимине муўапық, судланыўшылар М.С, Т.А ҳǝм С.Жлар Өзбекстан Республикасы ЖКниң 169-статьясы 2-бөлими «в,г» бǝнтлери менен айыплы деп табылып, оларға ҳǝр айдағы ис ҳақысының 20 пайызын мǝмлекет пайдасына өткериў жолы менен 2 (еки) жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланды.
Жуўмақлаў соңында айтып өтиўимиз керек, яғный ҳǝр қандай исленген жынаят ҳǝм оның түрине қарамастан, ҳǝр қандай жынаят ушын нызам алдында жазаның сөзсизлигин ҳǝм оның ақыбетиниң унамсыз екенлигин аңлап жетиўге ҳǝм урлық жынаятының жǝбирлениўшиси яки қатнасыўшысы болыўдан сақланыўға шақырамыз.
О.Ж.Мауленов
Жынаят ислери бойынша
Тахтакөпир район суды баслығы