Ma'daniyat Әлемди нурға толтырған, Наўрыз қуўанышлары

Әлемди нурға толтырған, Наўрыз қуўанышлары

33
Әлемди  нурға толтырған, Наўрыз қуўанышлары

Әсирлер тарийхына ийе Наўрыз-тынышлық, татыўлық ҳәм пәраўанлық байрамы. Миллети, динине қарамастан усы журтта жасаўшы барлық миллет ўәкиллери ушын бирдей саналған улыстың уллы күнин халқымыз үлкен көтериңкилик руўхта байрамлады.
Жылдан-жылға Наўрыздың жаңадан-жаңа қырлары ашылып, әсирлер бойы сақланып киятырған тәреплери өзгеше түс алып, жаңаша мазмун бағышлап келмекте. 
Тарийхый мағлыўматларға сүйенсек, Наўрыз байрамының 3 мың жыллық тарийхқа ийе екенине гүўа боламыз. 
Быйылғы Наўрыз байрамы сейиллери  жаңаша көринис алған.  

Байрам сейили болып өткен «Дәўқара» стадионына тигилген қара үйлер,  көргизбеден орын алған миллий тағамлар, шебер ҳаял-қызлар тәрепинен тигилген үй дәскелери, ҳәр бир нағысында миллийлигимизди сәўлелендириўши кийим-кеншеклер, әсиресе ата-бабаларымыздың пайдаланған ески буйымлары бәршениң итибарын тартты. 
Дәслеп байрамға келген мийманлар көргизбелерди көзден өткерди.


Буннан соң байрамның тийкарғы бөлими болған  «Әлем сениң менен нурға толсын, Наўрыз!» атамасындағы театрластырылған саз-сәўбетли байрам тамашасы басланды.
Байрамда район ҳәкими Жамбул Адилов халқымызды тынышлықтың, меҳир-мириўбеттиң тымсалы болған байрам менен қызғын қутлықлап, елимизге тынышлық, дәстурханымызға молшылық, дийханларымыздың бәҳәрги мийнет паслындағы ийгиликли ислерине раўаж тиледи. Сондай-ақ, быйылғы Наўрыз байрамына мол табыслары менен жетип келген районымыздың барлық тараўдағы жетискенликлерине тоқтап өтти.
Байрам талантлылардың атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ-ойынлар, миллий саз әсбаплардағы нама атқарыўлары, миллий дәстүримизден үлгилер, қыз-жигитлер айтысы менен қызғын даўам етти. 

Байрам бағдарламасынан орын алған палўанлар гүреси, қошқар дүгистириў, арқан тартыс, тас көтериў, қораз урыстырыў сыяқлы тамашалар өз ықласбенлерин бийпарық қалдырмады. 


Ҳәр бир жөнелис бойынша жеңимпаз болғанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Усындай миллийликке тән ҳәр түрлиликти өзинде жәмлеген бизиң бай мәдений мийрасларымыздың бири болған Наўрыз байрамы әсирлер өтсе де өзлигин, миллийлигин жойтқан жоқ. 
Мың жыллар даўамында руўхый турмысымыздың көрки, зийнети болып киятырған бул әжайып, қәсийетли байрам жыйналған халыққа және де шексиз қуўаныш ҳәм заўық бағышлады.
Меҳир-мириўбетли халқымызға усындай улыстың уллы күнлерин байрамлаў несип еткен екен, тыныш елимизге жарасып турған байрамымыз ҳәммеге қутлы мүбәрек болсын!

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА