Siyosat СУД – ӘДИЛЛИК ТИЙКАРЫ

СУД – ӘДИЛЛИК ТИЙКАРЫ

0
СУД – ӘДИЛЛИК ТИЙКАРЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-август күнги «Əдил судлаў тараўында жоқары тǝжирийбели кадрлар таярлаў системасын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПФ-141-санлы Пǝрманы қабыл етилди. Пǝрманға муўапық, Судьялар жоқары мектеби түптен реформаланып, оның негизине Өзбекстан Республикасы Əдил судлаў академиясы шөлкемлестирилди. Бул болса өз гезегинде судлаўдың ашықлығы ҳǝм халықшыллығын тǝмийинлеўге қаратылған болып, ǝдалат ҳǝм исенимди тǝмийинлеўде судьялық лаўазымының турақлылығы әҳмийетке ийе екенлигин көрсетеди. 

Сөзимиздиң айқын дǝлийли сыпатында, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судының 2025-жыл 1-август күнги ҳүкимине муўапық, дǝслепки тергеў уйымы тǝрепинен «Аймақлық электр тармақлары» АЖ «Энергосавдо» Қарақалпақстан филиалы Тахтакөпир районы бөлими хызметкерлери тǝрепинен усы жылдың 15-январь күни райондағы «Айдын жол» МПЖ аймағында жасаўшы тутыныўшылардың Министрлер Кабинетиниң 31.05.2024-жылдағы «Электр энергиясы ҳǝм тǝбийий газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 319-санлы қарары менен тастыйықланған «Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары»на ǝмел етилиўи жағдайы үйренилгенинде У.У өзиниң жасаў үйинде «Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары»на қайшы рǝўиште, электр есаплағышынан тысқары туўрыдан-туўры электр энергиясы тармағына жалғанып, жǝми 44413кВт электр энергиясынан нызамға қайшы түрде пайдаланған. Буның нǝтийжесинде «Аймақлық электр тармақлары» АЖ «Энергосавдо» Қарақалпақстан филиалына 59 млн. 957,8 мың сум зыян жеткенлиги есапқа алынған ҳǝм У.У Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген жынаятты қастан ислегенликте айыпланыўшы сыпатында иске тартылған.
Судтың ǝдил шешими ҳǝм анық дǝлийллер менен У.У Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы  2-бөлими менен Жынаят процессуал кодексиниң 83-статьясы 2-бǝнтине тийкарланып айыпсыз деп табылып, ақланды.
Ҳǝзирги күнде мǝмлекетимизде суд-ҳуқық реформалары дǝўиринде, тек ғана суд тараўында емес, бǝлки ҳуқық тараўы уйымлары системаларында да заман талапларынан келип шыққан ҳалда өзгерислер ǝмелге асырылмақта. 
Бул өзгерислер мǝмлекетимиздиң раўажланыўы ҳǝм халқымыздың мǝплерине хызмет етиўи керек.

О.Ж.Мауленов
Жынаят ислери бойынша
Тахтакөпир район суды баслығы