Талантлы жаслар жеңимпаз болды
Районлық мәденият бөлиминде жасларды мәденият ҳәм көркем-өнер тараўына системалы қамтыў, “Мәҳәлле-мектеп-мәденият орайы” системасын енгизиў ҳәм ҳәўескерлик халық жәмәәтлери қурамына жаңа ағзаларды қамтыў, талантлыларды излеп табыў, олардың қәбилетлерин анықлаў мақсетинде «Талант излеп» атамасында таңлаў өткерилди.
Таңлаўдың биринши басқышы эстрада қосық атқарыўшылары, аяқ ойыншылар, бақсышылық, домбырашылар, театр өнери атқарыўшылығы, халық сазы атқарыўшылығы, сүўретлеў өнери ҳәм шебер қоллар жөнелислери бойынша 10-16 жас, 17-22 жас, 23-30 жас аралығындағы жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында 1-марттан 1-апрель күнлери аралығында социаллық телеграм тармақлары арқалы өткерилген еди.
Таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышында эстрада қосық атқарыўшылары жөнелиси бойынша Баҳадыр Есенбаев, Арзыгүл Атамуратова, Шахсәнем Сейтовалар “Еӊ жақсы қосық атқарыўшы”сы номинациясы менен;
аяқ ойын атқарыўшылары жөнелиси бойынша Сезим Мусаматдинова ҳәм Улдәўлет Бердибековалар “Еӊ жақсы ойын атқарыўшы”сы номинациясы менен;
бақсышылық жөнелиси бойынша Гүлназ Өтепбергенова, Мухамедалий Бахбергенов, Ҳүрлиман Базарбаева ҳәм Толыбай Бердимуратовлар “Еӊ жақсы бақсы” номинациясы менен;
домбырашылар жөнелиси бойынша Фердауси Жеткербаев ҳәм Ринат Узақбергеновлар “Еӊ жақсы домбырашы” номинациясы менен;
театр өнери атқарыўшылығы жөнелиси бойынша Индира Пиржанова ҳәм Гүлсәнем Сейтовалар “Еӊ жақсы роль атқарыўшы” номинациясы менен;
халық сазы атқарыўшылығы жөнелиси бойынша Тумарис Жолдасбаева ҳәм Арман Алламбергеновлар “Еӊ жақсы сазенде” номинациясы менен;
сүўретлеў өнери жөнелиси бойынша Айсәнем Махсетова “Еӊ жақсы сүўретши” номинациясы менен;
шебер қоллар жөнелиси бойынша Жадыра Алламбергенова ҳәм Азиза Юсуповлар “Еӊ шебер атқарыўшы” номинациясы менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, Жандулла Бегдуллаев, Сулыўхан Жубатханова, Бирлик Көбейсинов, Гүлбәҳәр Нурхожаева, Зәрипбай Бекбергенов, Дулат Аманжолов ҳәм Мийирбек Кеӊесбаевлар белсене қатнасқаны ушын «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
“Талант излеп” таңлаўы шеӊберинде өткерилген илажға 300ден аслам талантлы жаслар қатнасты.
Демек, буннан көринип турғанындай, жас өспиримлер ҳәм жасларымыз арасында талантлылар жүдә көп. Оларды саралап, баҳалап барыў зәрүр. Сонлықтан да “Талант излеп” таңлаўын алдағы ўақытларда ҳәр жылы өткерип барыў режелестирилген.
Г.БЕГДУЛЛАЕВА