Нураный анаханның шаңарағында болды
1614
0
Арамызда Екинши жәҳән урысының отлы жылларында мийнет еткен, урыстан соңғы қайта тиклениў дәўириниң қыйыншылықларын аталарымыз бенен бирге көрген теберик жасы үлкен нураныйларымыз бар. Бийбихан апа Ҳәкимниязова менен ушырасыў арқалы еки әсирдиң инсанлары шеккен қыйыншылықлары менен бүгингидей бахытлы дәўирди аңлап жетиў қыйын емес. Тилекке қарсы бундай теберик инсанларымыз санаўлы. Районымызда 100 жастан асқан инсан Бийбихан апаның жалғыз өзи ғана.
Район ҳәкими Жамбул Адилов, районлық қорғаныў ислери бөлими баслығы Шерзод Мурадовлар нураный анаханлардың шаңарағында болып, олар менен жақыннан сәўбетлести. Саўға сәлемлерин инам етти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети