Siyosat Aшық сәўбет шөлкемлестирилди

Aшық сәўбет шөлкемлестирилди

0
Aшық сәўбет шөлкемлестирилди

"Жаңа Өзбекстанды жаслар менен бирге қурамыз!" Мине, усы атамада район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен райондағы мектеплердиң белсенди оқыўшылары болған сәрдарлар кеңеси баслықлары менен ашық сәўбет шөлкемлестирилди. Ашық сәўбет даўамында Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бес басламаның тийкары - жаслардың келешегине бағларланыўы, басламалар тийкарында сәрдарлар қандай ўазыйпалар атқарып атыр, жаслар арасындағы машқалалар, тосықлар барма, усы сораўлар әтирапында болып, жаслардың пикир, усыныслары тыңланды. Ең тийкарғысы жаслар өзлериниң пикирин, талабын еркин айта алыўы, машқалаларын тийисли орынларға жеткериўди мүрәжат етиўи менен де ашық сәўбетлесиў мазмунлы өтти. Журналистлер тәрепинен жаслардың пикир-усыныслары есапқа алынды ҳәм тийисли орынларға жеткерип, шешиў жолларын қарастырады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети