"Атакөл"де көшпели қабыллаў
Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов тәрепинен Атакөл АПЖ аймағында жасаўшы "Жаслар дәптер"индеги жумыссыз жаслар менен көшпели қабыллаў өткерилди. Қабыллаўда "Ҳәр бир жасқа бир гектар" бағдарламасы бойынша жер майданларын екилемши шәртнама тийкарында ажыратып бериў, жеңиллетилген кредитлер ҳәм бос турған имаратларды ажыратып бериў арқалы исбилерменликти раўажландырыў мүмкиншилиги атап өтилди. Жер майданларына ийе болған жаслардың техника ушын жанармай, дән ҳәм туқым алыўға жеңиллетилген кредит алыўдағы мүрәжатлары бойынша Агробанк басқарыўшысына анық көрсетпелер берилди. Буннан басқа аймақтағы фермер хожалықларынан жер бериў бойынша, бир жастың макарон цехын шөлкемлестириўде кредит ҳәм бос имараттан жәрдем бериў бойынша мүрәжатлары да тыңланып, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети