Напақа бериў тәртиби түсиндирилди
"Тахтакөпир" посёлкалық ҳәм "Дәўир" мәкан пуқаралар жыйын аймақлары пуқаралары менен ушырасыўлар өткерилди. Ушырасыўға районның халық бәнтлигине көмеклесиў орайы, мәмлекетлик кадастр палатасы райондағы филиалы баслықлары, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң ҳаял-қызлар ислери бойынша орынбасары, мәкан кеңес баслықлары менен аймақ турғынлары қатнасты.
Ушырасыўда пенсия қоры бөлими баслығы П.Сапаров Министрлер Кабинетиниң 122-санлы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында, материаллық напақаларды тайынлаў тәртибиндеги өзгерислер бойынша кеңнен түсиниклер берип өтти ҳәм жыйналыс қатнасыўшыларын қызықтырған сораўларына жуўап берди. Ҳәзирги күнде халқымыздың арасында напақа алыў бойынша наразылықлар бар екени сыр емес. Сонлықтан да бундай ушырасыўлар арқалы пуқараларымызға түсиник бериў жүдә әҳмийетли деп ойлаймыз.Ушырасыўлар еле басқа аймақларда даўам етеди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети