Siyosat Крым-Конго геморрагиялық ысытпа - қәўипли кеселлик

Крым-Конго геморрагиялық ысытпа - қәўипли кеселлик

0
Крым-Конго геморрагиялық ысытпа - қәўипли кеселлик

"Мақпалкөл" шаңарақлық шыпакерлик пунктинде  районлық Айрықша жағдайлар басқармасы, районлық СЭТ ҳәм ЖСБ, РМБ, районлық ветеринария және шарўашылықты раўажландырыў бөлимлери менен биргеликте «Халық арасында Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң алдын алыўда Айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасына тийисли хызметлердиң бергеликтеги ҳәрекетлери» темасында кѳргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Бул оқыў шынығыўды ѳткериўден мақсет АҚЖКлердиң шеттен кирип келиўи ҳәм де тәбийий ошақлар бар аймақларда және ҳайўанлар арасында усы кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў,  зәрүр эпидемияға қарсы гүресиў ис-илажларын шѳлкемлестириў болып табылады. Көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўлары теориялық ҳәм әмелий бѳлимлерде алып барылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети