Қыйтақ жер-дәрамат дәреги
"Белтаў" аўыл пуқаралар жыйынында үй алды қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўға бағышлап "Қыйтақ жер-дәрамат дәреги" атамасында семинар-кеңес өткерилди.
Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен өткерилген семинарға республикамыздың басқа аймақларында мийнет етип, нәтийжеге ерисип киятырған дийқанлар, исбилерменлер өз өнимлери менен қатнасты. Олар аўыл халқына қосымша табыс көзин табыўда өз тәжирийбелеринен келип шығып, түсиниклер берди. Мәселен, Тахыятаслы қоян бағыўшы исбилерменниң бир жылда жети мәртебе гөжеклейтуғын қоянлары ушын көп азық-аўқат талап етпейтуғыны, қоянлары 8-9 ай күтимли бағылса 12 килограммға шекем өним бериўи, терисин де пуллаў мүмкиншилиги бар болғаны аўыл халқында қызығыўшылық оятты. Нәл отырғызыў ҳәм олардың күтими, пал ҳәррешилигиниң пайдалы тәреплери ҳаққында қызықлы сәўбет болды. Бирақ, гәп тек сәўбетлесиўде емес, олардан үлги алып, қосымша дәрамат тийкарын табыўда.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети