Siyosat Мүрәжатлар тыңланды

Мүрәжатлар тыңланды

0
Мүрәжатлар тыңланды

Бәршеге белгили, 2020-жыл 25-декабрь күни Ташкент қаласындағы «Ҳумо Арена»сында Өзбекстан жаслары форумы болып өткен еди ҳәм онда елимиз президенти Ш.Мирзиёев елимиз жаслары менен ушырасты. «Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары қәдирлеймен, деген еди ел басшымыз жасларға қарата. Биз елимизде қандай реформаларға қол урмайық, ең дәслеп, сиз сыяқлы жасларға, сизлердиң күш-ғайратыңыз ҳәм мәртлигиңизге сүйенемиз"-деди президент.

Мине, усы бағдарда орынларда жаслар менен ушырасыўлар, олардың машқаласын шешиў жоллары үйренилмекте. Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов "Жаңадәрья" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жаслар менен ушырасты. Ушырасыў барысында район ҳәкими олардың мүрәжатларын тыңлап, тийисли уйымларға тапсырмалар берди. Усы күни темир дәптерде турыўшы ҳаял-қызлардың да мүрәжатлары тыңланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети