Siyosat Өз қәўипсизлигиңиз ушын пайдалы

Өз қәўипсизлигиңиз ушын пайдалы

0
Өз қәўипсизлигиңиз ушын пайдалы

Ѳзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы 9-айрықша отряды хызметкерлери тәрепинен  райондағы мәкеме, кәрхана мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, кѳп қабатлы имаратларда жасаўшы пуқаралар арасында Қорғаў хызметиниң абзаллықлары бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Үгит-нәсият жумыслары барысында  пуқараларға Миллий гвардия қорғаў хызмети тәрепинен турмысымызға енгизилип атырған заманагѳй технологиялар арқалы хызмет кѳрсетиўдиң әҳмийети ҳаққында, сондай-ақ, қорғаў сигнализациясы арқалы кѳрсетилип атырған исенимли хызмет түрлеринен пайдаланыў усыллары түсиндирилди. Районымызда ашылыўы режелестирилген қорғаў хызметинен барлық пуқаралар пайдаланыўға ҳақылы екенин атап өтип, халқымызды бул усылдан пайдаланыўға шақырады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети