Усыныслар өз шешимин табыўы керек
Алыста жайласқан аўылларда еле шешимин күтип турған машқала көп. Оларға жақын болып, сәўбетлескен сайын буны сезиў қыйын емес. Районымыздың шетки аймақларынан бири «Белтаў» аўылында Өзбекстан Республикасы Президенти админстрациясы жетекши қәнигеси А.Жанзақов, Карақалпақстан Республикасы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Қудайбергенов, екинши сектор баслығы П.Халмуратов, район ҳәкиминиң жаслар мәселелери бойынша орынбасары Б.Таңирбергенов ҳәм жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы Ю.Спандияровалар "Жаслар дәптери"не кирген жаслар менен көшпели қабыллаў өткерди. Онда аўыл жаслары өзлериниң усыныс ҳәм пикирлерин билдирди. Көшпели қабыллаў даўамында жасларымыз тәрепинен 6 машқала көтерилип, 4 машқала сол жердиң өзинде шешилди. Қалған мәселелер бойынша қәнигелерге тапсырмалар берилди. Алдағы жақын ўақыт аралығында аймақта жаңа өзгерислер, соның ишинде медицина қәнигелери менен тәмийинлеўде де өзгерислер болатуғыны айтылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети