Ашық сабақлар өткерилди
Орта билимлендириў системасындағы ашық сабақлар - устаз бенен оқыўшылар арасындағы байланысты, оқытыўшының билимин, оқыўшының қызығыўшылығын көпшилик кәсиплеслер менен биргеликте бақлаў, оларды баҳалаў усылы болып табылады.
Районымыздағы 3-санлы қәнийгелестирген улыўма орта билим бериў мектебинде бүгин тәбийий пәнлер болған химия, биология, физика пәнлеринен ашық сабақ өткерилди. Ашық сабаққа барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң пән оқытыўшылары қатнасты. Бунда "Хлор" темасында ҳәр қыйлы методлардан пайдаланса, "Репродуктив саламатлық" темасында интеллект карта методы, машқалалы тәлим технологиясы, үй тапсырмасында PISA тестлерден нәтийжели пайдаланды. Балаларға "Ас сиңириў системасы органларының дүзилиси ҳәм функциясы», "Асқазан-ишек кеселликлери ҳәм олардың алдын алыў" темаларында сабақ өтилди. Кәсиплес устазлар өтилген пән сабақлары бойынша өз-ара пикирлер алысты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети