Sport Олар спортты сүйеди

Олар спортты сүйеди

0
Олар спортты сүйеди

Дүньяжүзилик денсаўлықты  сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, планетамыз халқының 15 проценти (бир миллиардтан асламырақ адамлар) майыплықтың ол яки бул түринен азар шегеди екени 3-декабрь күни пүткил дүнья бойлап олардың жанында жақсы адамлар мәңги бирге болатуғынын билдиретуғын күн сыпатында олар қоллап-қуўатланады.

Тахтакөпир районындағы 5-санлы мектепте усы байрам мүнәсибети менен үй шараятында оқытылып атырған имканияты шекленген оқыўшылардың кеўил кейпиятын көтериў мақсетинде спорттың шахмат-шашка тури бойынша жарыс шөлкемлестирилди. Балалар халық билимлендириў бөлими тәрепинен саўғалар менен хошаметленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети