Sport Саламат өмир ушын

Саламат өмир ушын

0
Саламат өмир ушын

Спорт - денсаўлықтың гиреўи. Солай екен, ҳәр бир саламат инсан өзиниң өмиринде денетәрбиясын күнделикли әдетке айландырып барыўы тийис. Бул үлкенлер ушын да, жас өспиримлер ушын да пайдалы өмир талабы.

Бүгин ертеден тахтакөпиршилер "Саламат турмыс ушын" ураны астында 5000 адым ҳәм дене тәрбия шынығыўларын орынлады. Районлық физкультура ҳәм спорт тараўы қәнигелери және район ҳәкимлиги, шөлкемлер менен биргеликте өткерилген илажға аяқ қосты. "Саламат турмыс ушын" ураны менен 500 ге шамалас пуқаралар қатнасып, 5000 адым менен бирге спорттың ҳәр түринен шуғылланыўға еристи. Бул илажда қатнасқан белгили спорт шебери А.Турданов жас өспиримлердиң спорт дөгереклеринде болды ҳәм оларды баҳалы сыйлықлар менен хошаметледи. Шөлкемлестирилген спорт илажына район ҳәкими Жамбул Адилов белсендилик көрсетти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети