Sport ҚЫЗЛАР ЖЕҢИС ПЕНЕН ҚАЙТТЫ

ҚЫЗЛАР ЖЕҢИС ПЕНЕН ҚАЙТТЫ

0
ҚЫЗЛАР ЖЕҢИС ПЕНЕН ҚАЙТТЫ

Ҳәр жылы бәҳәр мәўсими қарсаңында гимнастикашы қызларымыз өзлериниң табыслары менен ҳәммени қуўантады. Райондағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң көркем гимнастика бойынша тәрбияланыўшы қызлары Ташкент қаласында өткерилген  «Fунча» ашық бириншиликке қатнасып қайтты. Жарыста спорт мектебимизден 2006-жылы туўылған қызлар арасында Нурила Абдиўалиева 1-орын, 2008-жылғы қызлар арасында  Ҳүрлиман Аяпбергенова 2-орын, Дильназа Дәўлетбаева 2-орын, Айдана Сметуллаева 3-орын, Ақбота Нағашбаева 3-орын, 2010-жылғылар арасында Арай Турдыбекова 3-орын, 2011-жылғылар арасында Айдана Кньязова 3-орын, Жулдыз Матекеева 2-орын, Муслима Махмутбаева 3-орынларды ийеледи. Ал, 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси тәрбияланыўшылары Нәўбәҳәр Төлепбергенова екинши, Туйгун Сулайманова 3-орынды ийелеп, диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қызларды жарысқа спорт мектептиң тренер-оқытыўшысы Гүлсара Оңдасынова ҳәм хореограф Перизат Ажимуратовалар  таярлады.

 

Дәўлетбай БЕКНИЯЗОВ

Районлық балалар-өспиримлер спорт мектеби инструктор- методисти