Sport САП ДЕНЕДЕ-САП АҚЫЛ

САП ДЕНЕДЕ-САП АҚЫЛ

0
САП ДЕНЕДЕ-САП АҚЫЛ

Бүгинги күнде мәмлекетимизде спорт тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Бизиң 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде спорттың өзбек жанг санааты дөгереги 2017-2018-оқыў жылынан баслап спортқа қызығыўшы жас өспиримлерди жәмлеп, жумыс баслады. Дөгерек қатнасыўшылары  дәслепки күнлерден баслап-ақ, көп ғана жеңислерди қолға киргизди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан, Өзбекстан ҳәм Азия чемпионлары жетисип шықты.

Усы жылы болып өткен Өзбекстан кубогинде командалық беллесиўде 16-17 жас аралығында мектебимиздиң 11-класс оқыўшысы Нурсултан Асенеев 1-орынды, ал усы жас аралығында жеке беллесиў жөнелиси бойынша 11-класс оқыўшысы Шахноза Ҳабипназарова 2-орынды, және усы жөнелисте 6-класс оқыўшысы  Бийбирәўшан Турсынбаева 3-орынды ийеледи. Көргизбели шығыў жөнелисинде 6-класс оқыўшысы Гүлайым Есенбаева ҳәм 5-класс оқыўшысы Шариғат Бекбаулов 3-орынды ийеледи.

Спортшыларымыз декабрь айында болып өтетуғын Өзбекстан чемпионатына қызғын таярлық көрип атыр. Биз спортшыларымызға бул беллесиўде де табыслар тилеймиз. Бәрше жасларымызды спорт пенен шуғылланыўды мәсләҳәт етемиз. Себеби, спорт пенен шуғылланыў-ден саўлық гиреўи.

 

Азада БЕКНИЯЗОВА

9-санлы мектептиң

11-класс оқыўшысы