МЕКТЕП ПИТКЕРИЎШИЛЕРИ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Бүгинги заман-нағыз билими күшлилердиң мыңды жығатуғын дәўири. Себеби, билим менен алмайтуғын таўдың өзи жоқ. Усындай шаққанлығы, билими менен теңлеслери арасында көпшиликтиң ҳәўесин келтирип атырған жасларымыздың табысы көзди қуўандырады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 22-февральдағы «Улыўма орта билим бериў мекемелери ҳәм академиялық лицейлердиң питкериўшилерин хошаметлеўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық улыўма орта билим бериў мекемелериниң қәбилетли питкериўшилерин алтын ҳәм гүмис медаллар менен сыйлықлаў мақсетинде районлық мәденият бөлиминде хошаметлеў мәресими болып өтти.
Быйылғы оқыў жылында республика бойынша 161 оқыўшы алтын, 161 оқыўшы гүмис медаллары менен питкерип атырған болса, бизиң районымыз мектеплериниң 277 питкериўшиден 4 оқыўшы алтын медалға ылайық деп табылды. Олар 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинен Гүлжамал Жумамуратова, Насибкамал Жолдасбаев, 3-санлы мектептен Зинура Рысназарова, 10-санлы мектептен Гүлбану Аманжоловалар. Усы күни медаллар оқыўшыларға салтанатлы жағдайда тапсырылды.
- Көкирегиме тағылып атырған бул медаль тап бүгиннен баслап мени үлкен мақсетлерге умтылдырып атыр. Себеби ата-анамның, устазларымның маған деген үмити, инсеними және де артары сөзсиз. Ал сол үмитлерди ақлаў-мениң ўазыйпам,-дейди алтын медаль ийеси Насибкамал Жолдасбаев.
Мәресимге устазлар, барлық питкериўши жаслар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты. Ата-аналар устазларға миннетдаршылық билдирди.
Және де республика көлеминде өткерилген таңлаўларда, пән олимпиадаларында белсендилик көрсеткен оқыўшыларға диплом, «Ҳүрмет жарлық»лары тапсырылды.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА