Fan va ta'lim МЕКТЕПЛЕРДЕ СОҢFЫ ҚОҢЫРАЎ

МЕКТЕПЛЕРДЕ СОҢFЫ ҚОҢЫРАЎ

0
МЕКТЕПЛЕРДЕ СОҢFЫ ҚОҢЫРАЎ

Әпиўайы ғана сыңғырлаған қоңыраў сести. Лекин ол қоңыраў кимлердиңдур жүрегинде изге қайтарып болмас умытылмас мәўритлерди, жаслықтың бир бөлегин изде қалдырып баратырғаны ушын да өкинишли әлбетте. Инсан өмиринде мектеп дәўиринде еки қоңыраў үлкен әҳмийетке ийе. Биринши қоңыраў-еле оңлы-солды аңлай алмай атырған дәўиримизде мектеп босағасына қәдем атқандағы  дәслепки қоңыраў. Ал, екинши қоңыраў-сол биринши қоңыраўға жуўмақ жасаўшы, жаңа өмир, жаңа арзыўларға жетелеўши қоңыраў.

25-май күни республикамыздың барлық мектеплериниң 11-класс оқыўшылары ана мектеплери, қәдирдан устазлары менен хошласты. Балалығының он бир жылына жуўмақ жасап атырған бул жаслар қыялында ең мазмунлы,  қызықлы демлери менен бирге  бир ўақытлары  шоқлық етип устазларын  қапа етип қойған пайытларын да көз алдына келтирип, қәне енди ўақытты артқа қайтара алсам, сол қәтеликлер орын алмас еди деген ойлар өтип атырған болса керек.  Себеби, алдағы ўақытта олардың ҳәр бир басқан қәдеми үлкен әҳмийетке ийе. Өмир соқпағынан туўры жолға бағыт алса ҳеш қашан жаңылыспайды, устазлары әрман еткендей нағыз ел перзентлери болып жетиседи.

Быйылғы оқыў жылында бизиң районымыз мектеплеринде барлығы  болып 277 оқыўшы 11-классты питкерип атыр. Питкериў кешесине арналған байрам илажлары барлық мектеплерде салтанатлы түрде болып өтти. «Мектебим-мениң үйим» сүрени менен өткерилген  илажларға район ҳәкими, район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳуқық қорғаў уйымы, ишки ислер бөлими хызметкерлери қатнасып, барлық питкериўшилерди байрам менен қутлықлап, ең үлгили оқыўшыларға, оларға билим берген устазларына билимлендириў министрлигиниң ҳәм районлық халық билимлендириў бөлиминиң  «Ҳүрмет жарлық»ларын тапсырды.

Жаслардың бәриниң де әрманы бирдей, белгили бир кәсиптиң маманы болыў. Бул жолда биз оларға нийетиңиз жолдасыңыз болсын, деп тилегимиз келеди.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА

СҮЎРЕТЛЕРДЕ:  Соңғы қоңыраў илажларынан көринислер